✅✅✅✅✅✅✅
"Сақшысыман муқәддес журттың"
Мәмлекет байрағын бәлент көтерген,
Бир қысым топырағын жаўға бермеген,
Ўатаны ушын жан пидә етер,
Сақшысыман муқәддес журттың.
Мақсетим елимди, жеримди қорғаў,
Келешектиң аппақ умитин ақлаў,
Елимди куни-тун қырағы бақлаў,
Сақшысыман муқәддес журттың.
Ел басшым бар әдил жолды таңлаған,
Нәзеринен бир де халқы қалмаған,
Ели ушын қанша жолды шарлаған,
Сақшысыман муқәддес журттың.
Ҳуқық қорғаў тараўында хизмет етемен,
Қәддим тик тутып мақтан етемен,
Ўатан ушын жанымдыда беремен,
Сақшысыман муқәддес журттың...
Юнусбек Жолымбетов Қоңырат РИИБ жанындағы Қорғаў хызмети хызметкери киши сержант
⚽️ “Qońırat soda zavodı” JShJ SK Baspasóz xızmeti