Не попадитесь на накрученные каналы! Узнайте, не накручивает ли канал просмотры или подписчиков Проверить канал на накрутку
Прикрепить Телеграм-аккаунт Прикрепить Телеграм-аккаунт

Телеграм канал «QR SSP Business News»

QR SSP Business News
7.4K
0
597
415
68
Өзбекстан Саўда-санаат Палатасының Қарақалпақстан Республикасы басқармасы.

Мүрәжәәт ушын телефонлар;

☎️ +998(61) 222-15-02
☎️ +998(61) 222-05-95
☎️ +998(61) 222-00-58
Подписчики
Всего
964
Сегодня
+1
Просмотров на пост
Всего
184
ER
Общий
19.14%
Суточный
15.77%
Динамика публикаций
Telemetr - сервис глубокой аналитики
телеграм-каналов
Получите подробную информацию о каждом канале
Отберите самые эффективные каналы для
рекламных размещений, по приросту подписчиков,
ER, количеству просмотров на пост и другим метрикам
Анализируйте рекламные посты
и креативы
Узнайте какие посты лучше сработали,
а какие хуже, даже если их давно удалили
Оценивайте эффективность тематики и контента
Узнайте, какую тематику лучше не рекламировать
на канале, а какая зайдет на ура
Попробовать бесплатно
Показано 7 из 7 399 постов
Смотреть все посты
Пост от 28.10.2026 09:53
45
0
1
Маҳаллий саноат корхоналари учун реклама харажатлари қоплаб берилади

Маҳаллий ишлаб чиқарувчиларни қўллаб-қувватлаш ва уларнинг маҳсулотларини ички бозорда кенг тарғиб қилиш мақсадида “Савдони ривожлантириш компанияси” АЖ томонидан Ўзбекистон ҳудудида оммавий ахборот воситалари орқали реклама қилиш харажатлари қоплаб берилади.

💰 Компенсация миқдори — Савдога кўмаклашиш жамғармаси маблағлари ҳисобидан, бир календар йилида 250 миллион сўмдан ошмаган миқдорда қоплаб берилади. Бунда:

“ААА” тоифаси — харажатларнинг 100 фоизи;
“Б” тоифаси — харажатларнинг 50 фоизи қоплаб берилади.

Молиявий ёрдам олиш шартлари:

👍 Барқарорлик рейтинги — “ААА” дан “Б” гача;
👍 Охирги 12 ойда камида 2 млрд сўмлик маҳсулот реализацияси;
👍 Бюджет олдида 100 минг сўмдан ортиқ қарздорлик мавжуд эмаслиги.

👍 Компенсацияни олиш учун қуйидаги ҳужжатлар тақдим этилиш керак:

🫥 Харажатларни тасдиқловчи ҳужжатлар: шартнома, ҳисоб-фактура, далолатнома ва тўлов ҳужжатлари.
🫥 Реклама жойлаштирилганини тасдиқловчи материаллар: нашр нусхалари, ҳаволалар, фото ва видеолавҳалар.

🕊Telegram 📱Instagram 📱Facebook 📺 Youtube
Изображение
Пост от 22.10.2026 09:53
39
0
1
📢 ДАҒАЗА!
АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ӨНИМЛЕРИ ЭКСПОРТЁРЛАРЫ ДЫҚҚАТЫНА!

🌾 Қадақлаў қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў имканияты!

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2026-жыл 24-апрельдеги ПП-68-санлы Пәрманы ҳәм белгиленген тәртиплерге муўапық, аўыл хожалығы өнимлерин реализациялаўда қадақлаў қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў механизми енгизилген.

Бул имканияттан пайдаланыў ушын аўыл хожалығы өнимлерин сырт мәмлекетлерге экспорт етип атырған исбилерменлик субъектлери арза тапсырыўы мүмкин.

✅ Субсидия алыў ушын не ислеў керек?

1️⃣ Төмендеги электрон платформаға кириң:
🌐 https://subsidiya.epauzb.uz
2️⃣ Белгиленген тәртипте арза толтырың.
3️⃣ Талап етилген ҳүжжетлерди электрон платформа арқалы усының.

💼 Бул механизм исбилерменлерге қандай имканият жаратады?

Аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўде қадақлаў менен байланыслы қәрежетлердиң бир бөлегин қаплаў;
Экспорт искерлиги нәтийжелилигин арттырыў;
Сырт ел базарларында өнимлердиң бәсекиге шыдамлылығын күшейтиў;

📌 Арзаларды қабыл етиў электрон платформасы жумыс ислемекте ҳәм исбилерменлик субъектлериниң мүрәжатларын қабыл етиўге таяр.

Исбилерменлерден усы имканияттан пайдаланыў, Реже талаплары менен танысыў ҳәм белгиленген ҳүжжетлерди өз ўақтында усыныў соралады.

Экспортты қоллап-қуўатлаў — исбилерменликти раўажландырыў ҳәм жаңа базарларды ийелеўге қарай әҳмийетли қәдем!

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы
Пост от 21.10.2026 16:16
44
0
0
📢 ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ҚАТНАСЫЎЫНДА ГЕЗЕКТЕГИ ҲУҚЫҚЫЙ СЕМИНАР ӨТКЕРИЛДИ

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы басшылығында исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, олардың жумысында жүзеге келиўи мүмкин болған ҳуқықый машқалалардың алдын алыў ҳәм шәртнамалық қатнасықлардың ҳуқықый тийкарларын түсиндириў мақсетинде гезектеги ҳуқықый семинар шөлкемлестирилди.

Семинарға Нөкис районлар аралық экономикалық судының судьялары ҳәм исбилерменлик субъектлериниң ўәкиллери қатнасты.

Илаждың тийкарғы темасы "Өним жеткерип бериў шәртнамасының ҳуқықый тәбияты ҳәм оның орынланыўының өзине тән өзгешеликлери" болды.

Семинар даўамында Нөкис районлараралық экономикалық судының судьясы тәрепинен өним жеткерип бериў шәртнамасының ҳуқықый мазмуны, оны дүзиў тәртиби, тәреплердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелери, сондай-ақ, шәртнама шәртлерин орынлаў процессинде итибар қаратылыўы зәрүр болған әҳмийетли тәреплер бойынша толық түсиниклер берилди.

Атап айтқанда, өним жеткерип бериў шәртнамасын дүзиўде тәреплердиң ҳуқық ҳәм миннетлемелери анық, түсиникли ҳәм өз-ара келиспеўшиликлерге жол қойылмайтуғын тәризде белгилениўи зәрүр екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, өнимниң түри ҳәм муғдары, сапасы, жеткерип бериў мүддетлери, есап-санақ тәртиби, шәртнама миннетлемелерин орынлаў шәртлери және миннетлемелер орынланбаған жағдайда жүзеге келетуғын ҳуқықый ақыбетлерди шәртнамада анық белгилеўдиң әҳмийети атап өтилди.

Атап өтилгениндей, шәртнаманы сапалы ҳәм пуқта таярлаў, оның ҳәр бир бәнтин ҳуқықый жақтан дурыс белгилеў келешекте тәреплер арасында келиспеўшиликлер келип шығыўының алдын алыў, сондай-ақ, исбилерменлик жумысында турақлы ҳәм исенимли бирге ислесиўди тәмийинлеўге хызмет етеди.

💬 Семинар даўамында тема бойынша талқылаўлар да болып өтти. Исбилерменлик субъектлери өз жумысында ушырасып атырған мәселелер, шәртнамалық миннетлемелерди орынлаўға байланыслы жағдайлар бойынша пикир-усынысларын билдирди. Судьялар тәрепинен қатнасыўшылардың сораўларына ҳуқықый түсиниклер берилди ҳәм келиспеўшиликлердиң алдын алыўда шәртнама шәртлерине қатаң әмел етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул ҳуқықый семинар исбилерменлердиң нызамшылыққа байланыслы билимлерин беккемлеў, шәртнамалық қатнасықларда ҳуқықый мәдениятын арттырыў ҳәм олардың нызамлы мәплерин қорғаўға қаратылған әҳмийетли әмелий илажлардан бири болды.

#СавдоСаноатПалатаси #Қорақалпоғистон #ҲуқуқийСеминар #Тадбиркорлар #ШартномавийМуносабатлар
Пост от 15.10.2026 09:15
36
0
0
📣📣📣

ЎСИМЛИК ЁҒИНИ ИШЛАБ ЧИҚАРУВЧИЛАР, ИМПОРТ ҚИЛУВЧИЛАР
 ҳамда
МИЛЛИЙ БРЕНД эгалари диққатига!

Сизларни навбатдаги ОЧИҚ МУЛОҚОТГА таклиф этамиз.

🗓 16 октябрь | 15:00
📍 Ўзбекистон Савдо-саноат палатаси

❗️Ҳудудларда фаолият юритаётган тадбиркорлар Савдо-саноат палатасининг вилоят бошқармалари орқали мулоқотда иштирок этишлари мумкин.

1️⃣ Мулоқотда ўсимлик ёғини ишлаб чиқарувчилар ва импорт қилувчилар учун долзарб масалалар, жумладан, рақамли маркировкалаш тўғрисидаги Вазирлар Маҳкамаси қарори лойиҳаси муҳокама қилинади.

2️⃣ Шунингдек, мамлакатимизда фаолият юритаётган 250 га яқин маҳаллий ишлаб чиқарувчи брендни қўллаб-қувватлаш, уларни ривожлантириш ва бозордаги рақобатбардошлигини ошириш механизмлари юзасидан фикр алмашилади.

Иштирок этиш учун рўйхатдан ўтинг:
📞 +998 90 336 78 43

🕊Telegram 📱Instagram 📱Facebook 📺Youtube
Пост от 13.10.2026 09:20
18
0
1
📢 ТАДБИРКОРЛАР ДИҚҚАТИГА!

📊 БАРҚАРОРЛИК РЕЙТИНГИНИ ҚАНДАЙ ОШИРИШ МУМКИН?

Тадбиркорлик субъектларининг барқарорлик рейтинги корхонанинг солиқ интизоми, молиявий ҳолати, ходимлар бандлиги ва бошқа кўрсаткичлари асосида автоматик шакллантирилади.

⏺ РЕЙТИНГНИ ОШИРУВЧИ МЕЗОНЛАР:

✅ Солиқ ҳисоботларини ўз вақтида тақдим этиш ва солиқларни белгиланган муддатда тўлаш;
✅ Расмий иш ўринларини кўпайтириш ва ходимларга муносиб иш ҳақи тўлаш;
✅ Корхона фаолиятини барқарор давом эттириш;
✅ Кўчмас мулк ёки ер участкасидан қонуний фойдаланиш;
✅ Электрон ҳисобварақ-фактураларни белгиланган тартибда расмийлаштириш;
✅ Солиқ текширувларида аниқланган камчиликларни ўз вақтида бартараф этиш;
✅ Фойда солиғи бўйича ижобий кўрсаткичларга эришиш;
✅ Рақамли ва экологик маркировка талабларига риоя қилиш;
✅ Қайта тикланувчи энергия манбаларидан самарали фойдаланиш.

⏺ РЕЙТИНГНИ ПАСАЙТИРУВЧИ ОМИЛЛАР:

❌ Солиқ ҳисоботларини тақдим этмаслик — 5 баллгача чегирилиши мумкин;
❌ Солиқ қарзини белгиланган тартибда тўламаслик;
❌ Корхона манзилини 12 ой давомида 3 ва ундан ортиқ марта ўзгартириш — 5 балл чегирилади;
❌ Корхона раҳбарининг 12 ой давомида 3 ва ундан ортиқ марта алмашиши — 5 балл чегирилади;
❌ Корхона манзилида амалда фаолият юритмаслик ёки тегишли ер-мулк мезонларига жавоб бермаслик;
❌ Солиққа оид ҳуқуқбузарликлар ва аниқланган камчиликларни бартараф этмаслик;
❌ Товарлар, хизматлар ёки электрон ҳисобварақ-фактуралар бўйича белгиланган талабларни бузиш.

📌 МУҲИМ: рейтингга таъсир қилувчи мезонлар ва баллар корхона фаолияти ҳамда амалдаги низом талабларига қараб белгиланади. Барча ҳолатларда бир хил миқдорда балл қўшилиши ёки айирилиши назарда тутилмаган.

🔎 Рейтингингизни текширинг:
Солиқ тўловчининг шахсий кабинети: https://my3.soliq.uz/

Савдо-саноат палатаси сайти: https://chamber.uz/contractor-rating
📖 Ҳуқуқий асос: Вазирлар Маҳкамасининг 2024 йил 30 январдаги 55-сон қарори ва 2025 йил 21 октябрдаги 662-сон қарори.

Юқори рейтинг — ишончли бизнес ва қўшимча имкониятлар!

#Тадбиркорлар #БарқарорликРейтинги #СолиқИнтизоми #БизнесИмкониятлари
Пост от 10.10.2026 07:10
42
0
1
📣📣📣

⚖️ Тадбиркорлик фаолиятида ижро жараёнига оид саволларингиз борми?

Суд қарорларининг ижроси, мол-мулкни хатлаш, кредит ва солиқ қарзларини ундириш, электрон аукционлар ёки тадбиркорлик субъектларини тўловга қобилиятсиз деб топиш билан боғлиқ масалалар бўйича жавоб излаяпсизми?

✔️ Ўзбекистон Савдо-саноат палатаси ушбу йўналишлардаги долзарб масалаларни муҳокама қилиш ва тадбиркорларнинг таклифларини ўрганишга бағишланган очиқ мулоқот ўтказади.

🗓 13 октябрь | 14:30
📍 Ўзбекистон Савдо-саноат палатаси

Учрашувда билдирилган таклифлар умумлаштирилиб, қонунчиликни такомиллаштириш ва амалиётдаги тўсиқларни бартараф этиш бўйича тегишли давлат органларига киритилади.

Рўйхатдан ўтиш учун:
📞 +99890 023 41 45
📞 +99891 992 77 72

🕊Telegram 📱Instagram 📱Facebook 📺Youtube
Пост от 09.10.2026 10:12
32
0
1
ИСБИЛЕРМЕНЛЕРДИҢ ҲУҚЫҚЫЙ САЎАТЛЫЛЫҒЫН АРТТЫРЫЎҒА ҚАРАТЫЛҒАН СЕМИНАР ӨТКЕРИЛДИ.

Бүгин Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасында исбилерменлик субъектлери ҳәм басқарма хызметкерлериниң қатнасыўында ҳуқықый семинар өткерилди.

Семинарды Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик судының судьясы Р.Худайбергенова ҳәм Қарақалпақстан Республикасы ҳәкимшилик суды судьясының аға жәрдемшиси С.Абдикаримова алып барды.

Семинар даўамында Өзбекстан Республикасының 2026-жыл 14-августтағы "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине экономикалық ҳәм ҳәкимшилик судларға мүрәжат етиўде пуқаралар ҳәм исбилерменлер ушын және де қолайлы шараятлар жаратыўға және әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўға қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы Нызамының мазмун-мәниси ҳәр тәреплеме түсинтирилди.

Атап айтқанда, семинарда:
🔺 исбилерменлер ҳәм инвесторлардың судқа мүрәжәәт етиў имканиятлары;
🔺 ҳәкимшилик органлар ҳәм лаўазымлы шахслардың қарарлары, ҳәрекетлери яки ҳәрекетсизлиги үстинен шағым етиў тәртиби;
🔺 арза бериўшиниң судлаўға тийислиликти таңлаў ҳуқықы;
🔺 ҳәкимшилик ислер бойынша дәслепки тыңлаў институты;
🔺 суд процессинде ҳәкимшилик орган лаўазымлы шахсларының қатнасыўы;
🔺 судтың жеке уйғарыўы ҳәм оның ҳуқықый ақыбетлери;
🔺 судқа ҳүрметсизлик етиў ҳәм суд ҳүжжетлерин орынламаў ушын белгиленген шаралар ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Семинардың тийкарғы мақсети - исбилерменлик субъектлери ҳәм Палата хызметкерлериниң ҳуқықый саўатлылығын арттырыў, олардың нызам менен кепилленген ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин нәтийжели қорғаў механизмлерин түсиндириў, судқа мүрәжат етиў тәртиби бойынша әмелий түсиниклерди қәлиплестириў ҳәм ҳуқықый келиспеўшиликлердиң алдын алыўдан ибарат.

🤝 Семинар жуўмағында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған мәселелер бойынша сораўлар берип, қәнигелерден тийисли ҳуқықый түсиниклер алды.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы
Қарақалпақстан Республикасы басқармасы Мәлимлеме хызмети.
Смотреть все посты