Телеграм канал 'Өмир сабақлары.☘'

Өмир сабақлары.☘


17'031 подписчиков
5'500 просмотров на пост

@omir_sabaqlari

Байланыс ушын➡ @reklamaa_admin

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл

Канал унамаса қалыўға мәжбүр емессиз

Детальная рекламная статистика будет доступна после прохождения простой процедуры регистрации


Что это дает?
  • Детальная аналитика 5'688'525 каналов
  • Доступ к 1'533'798'153 рекламных постов
  • Поиск по 5'949'328'791 постам
  • Отдача с каждой купленной рекламы
  • Графики динамики изменения показателей канала
  • Где и как размещался канал
  • Детальная статистика по подпискам и отпискам
Telemetr.me

Telemetr.me Подписаться

Аналитика телеграм-каналов - обновления инструмента, новости рынка.

Найдено 6229 постов

👍 2
Видео/гифка

Несийбең келеди... Саған нәсип ететуғын нәрсе басқа биреўине нәсип етпес...  Тәғдириң болатуғын киси басқа биреўине яр болмайды... Бул дүньяда саған аталғаны, сеннен кетпес... 
Сеннен талап ― дуўа етиў ҳәм дуўаны турмысыңа жаўдырмақдур...
Сабыр менен шыдаўдур. Сен шыдаған сайын несийбең гөззалласар... Сен урынғаның сайын несийбең жақынласар. Сен қәдем таслағаның сайын ең жақсысы нәсип етер... Гүдикленип күтиў менен келетуғын нәрсе келип қалмайды.
Умытпа..! Несийбеңе қарай жол алсаң ғана жол ашылады саған..!

- Эрдоған Йылдырым

@omir_sabaqlari

👍 56
🔥 6
Изображение

Реңиниң тазалығына алданба аўзында өлтириўши зәҳәр бар!
Қаншадан-қанша сыртынан аппақ көринетуғынлар бар, кеўли қап-қара!

@omir_sabaqlari

👍 39
Изображение

Дөгерегиң шалқар суў,
Ишиўге суў таппайсаң.
Теңиз

👍 20

@omir_sabaqlari

Өмирдиң бир нызамы бар — қыйсық шегени ҳеш ким қақпайды. Қанша туўры болсаң, басыңа шөккиш келип урыла береди...

👍 92
😁 12
👏 8
❤ 3
🥰 2

#Жумбақ

Дөгерегиң шалқар суў,
Ишиўге суў таппайсаң.

👍 28

🍎🍏 🍎🍏 Ойыңызда алманың реңин елеслетиң,  қайсы реңдеги алманы ойлағаныңызға қарап, организмиңизге жетиспей атырған витаминлер қайсылар екенин билип алың.

👍 15
🥰 1
Видео/гифка, 33 сек, IMG_1821.MP4

#ДЫҚҚАТ_СОРАЎ

Зийреклик тести

Тек дыққатлы адамлар ғана бул сораўға дурыс жуўап бере алады.

Суўретте неше үш саны бар?

👉🏻 ЖУЎАП БЕРИЎ... 👇👇

👍 73
🤩 5
❤ 4
Изображение
Өкпесиз өмир сүрейик.

Шəкирти устазына айтыпты:
- Сиз бәрҳама кеўилли жүресиз. Ҳешкимге ашыўланбайсыз, өкпелемейсиз. Мениң де сиз сыяқлы болғым келеди. Жәрдем бериңизши.
Шəкиртиниң өтинишине келисим берген устазы картошка менен қалта əкелиўин буйырыпты.
- Егер биреўге ашыўланып, ызаланып, өкпелесең, бир картошканы ал да, соған ренжиткен адамның атын жаз.
- Тек сол ма? - дейди шəкирти.
- Жоқ, сол қалтаны бәрҳә өзиң менен бирге алып жүриўиң керек. Биреўге ренжиген сайын бир картошкадан қосып отырасаң.
Шəкирти келиседи.
Бираз ўақыт өткен соң қалтасы картошкаға толып, өзи менен бирге алып жүриў қыйынлайды. Дәслепки салған картошкалары ширип, сасый баслайды.
Шыдамай кеткен шəкирти устазына келип:
- Устаз, мына қалта аўыр болып кетти. Және ширигенлериниң сасық ийисине шыдаў мүмкин емес. Ашыўланбаўдың басқа жолын үйретиңизши, - дейди.
- Буны саған не ушын ислеттим? Биреўге ренжиген сайын ишки жан-дүньяңда да усы қубылыс болады. Жүрегиң аўырлап, таза ниетиң бузылып, жаман ойларың сасый баслайды. Оны сен сезбеўиң мүмкин. Бирақ, исиң - əдетке, əдетиң - минезге айналады. Биреўге ашыўланбастан бурын яки биреўдиң зейнине тийместен бурын "ҳәрдайым өзиң менен бирге артық жүк арқалап жүриў" керек пе, керек емес пе, ойлан, - депти устазы.

@omir_sabaqlari
👍 139
❤ 14
🔥 10

#ЖУЎАПЛАР

🌱5 ер адам тири қалсын дегенлер ушын.

Этикалық ҳәм инсаныйлық тәрептен туўры. Бирақ философиялық ҳәм нызамлы тәрептен дурыс емес. Өйткени егер поезд 5 адамды басса сиз араласқаныңыз жоқ еди. Егер сиз араласып оны 1 адам тәрепке бурып жиберсеңиз, онда бул адам өлтириўшилик болып есапланады. яғный сиз себеби қандай болыўына қарамастан адам өлтириўшиликти таңладыңыз. Солай екен сиз эмоционал инсансыз яки инсанларға исениў мүмкин деп есаплайсыз. Бес адамды сақлап қалыў ҳәм бир кисини өлтириў бул кейинирек ҳүжданды да қыйнаўы мүмкин. Солай екен инсаныйлық тәрептен жақсы адамда көбинесе оны соңын ойламай етиўи мүмкин екен.

⚡️Мәсләҳат. Сезимге берилмең. Сезимге берилген инсан көбинесе утылады. Бир сөзлилигиңиз, қатаңлығыңыз сизге жақсы жеңислер алып келеди.


🌱 1 ҳаял адам тири қалсын дегенлер болса көбирек ақыл ҳәм қайсарлыққа сүйенген инсанлар болып табылады. Олар қаттылаў болып көрингени менен айырым ўақытлары көп ойлап қарар қабыллаўға қыйналыўы мүмкин.
5 адамның өлиўи ақыбетинде сизиң ҳүжданыңызды қыйнайды. Әсиресе қутқарылған бир адам ақ кеўил болмаса ше (адам өлтириўши, нәшебент). Сол себепли көбинесе саналы қарар да зыянлы ақыбетке алып келиўи мүмкин.

⚡️Мәсләҳат. Көп затларды дым терең ойлай бермең. Бул бара бара қыялшыллыққа алып келеди. Қысқа ойлаң ҳәм истиң посгеллесин ислең.

@omir_sabaqlari

👍 29
❤ 3
🔥 3

Тоқтатқаныңыз мақул!

❌ Керексиз адамлар менен ўақытыңызды өткериўди тоқтатың!

❌ Мәселелериңизден қашыўды тоқтатың!

❌ Өзиңизди алдаўды тоқтатың!

❌ Дүзилген жобаларыңыздан қашып, оларды орынлаўды кейинге ысырыўды тоқтатың!

❌ Өтмишти услап турыўды тоқтатың!

❌ Қәте етиўден қорқыўды тоқтатың!

❌ Өтмиштеги қәтелер ушын өзиңизди қыйнаўды тоқтатың!

❌ Өзгелерди күнлеўди тоқтатың!

❌ Налыўды ҳәм өзиңизге ашыныўды тоқтатың!

❌ Өзиңизди ақлаўды тоқтатың!

❌ Қарама-қарсы тәрепке ҳәрекетлениўди тоқтатың!

❌Өзиңизди мақтаўды тоқтатың!

❌ Жумысларды жүзеки ислеўди тоқтатың!


Мәселелериңизде басқаларды айыпламаң ! Итибарыңызды өзиңиз қәлемеген нәрселерге қаратпаң.

@omir_sabaqlari

👍 47
🔥 6
💯 3

Барлық жаманлықларға қарамай мудамы бир тәрепте жақсылық турады.
Аллаҳ сени жақсы көреди...
Өмир сени жақсы көреди...
Әлем сени жақсы көреди...

@omir_sabaqlari

❤ 40
👍 13
🔥 5
👏 5
🙏 2
Изображение

Төмендеги үш нәрсени ҳеш қашан умытпаң!!!

Ҳүрмет, Муҳаббат, Исенимди.

Себеби: "Ҳүрмет" болмаған жерде "жерге урып сөйлеў"

"Муҳаббат" болмаған жерде "жек көриу"

"Исеним" болмаған жерде "қыянет" болады.

@omir_sabaqlari
@omir_sabagi

👍 35
💯 11
🔥 1
Изображение
@omir_sabaqlari

Сизди күтпеген жерге барыўға асықпаң, негизинде бармағаныңыз да мақул!

Сиз ушын жабылған қапыны қайта қақпаң, ашпаң, сонда да ҳақыйқыйлары сиз бенен қалады, жалғанлары бәрибир кетеди..

Бақырмаң, қатты даўыс пенен аҳ урып жыламаң, сонда да сизди түсинетуғынлар сиз сыбырласаңыз да, гейде үнсизлигиңизде де не демекшилигиңизди түсинеди, кимге сиз қәдирли болсаңыз олар сиз ушын әлбетте ўақыт табады.

Жаныңыздағы инсанларды қәдирлең.

Асықпаң ҳәмме нәрсениң өз ўақты бар.

Өмир негизинде жүдә әпиўайы:
Тек оны биз өз дүнья-қарасларымыз бенен, өзимиз ушын жасап алған машқалаларымыз бенен қурамаластырып қыйынластырамыз!

Сиз өмирге күлип қарасаңыз,
ол да сизге тап солай жуўап қайтарады!
🌸🍃🌸🍃🌸🍃
?🍃
👍 46
❤ 4
🔥 1
Изображение
@omir_sabaqlari

АССАЛАМУ АЛЕЙКУМ!

Рәббимниң мәрҳаматы менен берилген тағы бир жаңа күн бәршемизге мүбәрек болсын!

Алла ҳәр бириңиздиң
Кеўлиңиз ҚӘТИРЖАМЛЫҚты,
Жүзиңиз КҮЛКИни,
Шаңарағыңыз БЕРЕКЕТти,
Қалтаңыз ДӘРӘМАТты,
Қәлбиңиз ИЙМАНды,
Тәниңиз САЛАМАТЛЫҚты,
Жүрегиңиз МЕҲИРди,
Баўырыңыз АҚЫБЕТти ЖОЙТПАСЫН!

ҚАЙЫРЛЫ ТАҢ, ҚӘДИРДАНЛАРЫМ!
👍 20
❤ 5
🙏 3
Изображение
Ертең - ҳеш қандай қәтесиз, ҳәрдайымғы жаңа күн басланады.

©Бернард Шоу

Ертеңги күннен үмитим көп..
.

@omir_sabaqlari
👏 62
👍 21
🙏 15
🔥 10
😁 5
Изображение

@omir_sabaqlari

❤ 6
😢 2
👍 1
Видео/гифка

@omir_sabaqari

Гейбиреўлердиң душпанына айланыў ушын, ҳақыйқатты сөйлеўдиң өзи жеткиликли екен.

👍 60
💯 14
🔥 7
Изображение

Айтқым келеди, иш ишимнен қәлеймен, бирақ жылап қойып өзимниң ҳәлсизлигимди көрсетип қойыўдан қорқып айта алмаған сөзлерим бар ишимде...

@omir_sabaqlari

👍 60
😢 29
👏 5
❤ 4
🔥 3
Изображение

Найдено 6229 постов