Телеграм канал 'Өмир сабақлары.☘'

Өмир сабақлары.☘


17'258 подписчиков
4'829 просмотров на пост

@omir_sabaqlari

Байланыс ушын➡ @reklamaa_admin

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл

Канал унамаса қалыўға мәжбүр емессиз

Детальная рекламная статистика будет доступна после прохождения простой процедуры регистрации


Что это дает?
  • Детальная аналитика 5'573'943 каналов
  • Доступ к 1'533'798'153 рекламных постов
  • Поиск по 5'804'406'250 постам
  • Отдача с каждой купленной рекламы
  • Графики динамики изменения показателей канала
  • Где и как размещался канал
  • Детальная статистика по подпискам и отпискам
Telemetr.me

Telemetr.me Подписаться

Аналитика телеграм-каналов - обновления инструмента, новости рынка.

Найдено 6159 постов

Ашкөзлик бәлеси.

Батыр әнейдей пул таўатуғын еди. Тапқаны шаңарағы, бала-шағасынан арттырып, кишкене бизнеске де пул салып қойған еди. Жегени алдында, жемегени артында болып турғанына ҳаялы
Зилала шүкирлик етпеди. Домның бәри бир дом деген аты бар, жержайға жетпейди. Биресе иниңизге, биресе қыз апаңызға тасығаныңыз тасыған. Бул турысында домда отыра беремиз писип. Мен де ағайынлеримди сарайдай кең үйде қонақ етким келеди. Қашанға шекем домда жасаймыз? Батыр ҳаялының мыңғырлаўына көнлигип кеткен. Зилала ҳеш қояйын демес еди. Бес бөлмели үй оның арзыўларына кишилик етти. Зилала ақыры күйеўин Россияда ислеп келиўге зорға көндирди.
Азада апа Батырға неше ирет Қудайдың зарын етти. Россияда не бар балам? Әнейдей таўып турыпсаң. Ырысқың келип тур. Тағы не керек? Үйиң бар, машинаң бар. болса. Ижарада отырған жоқсаң. Бул нийетиңнен қайт. Барма Россияға!
Бирақ Зилаланың сөзи сөз, гәпи гәп болды. Батыр Россияға кетти. Жақсы жумысқа жайласты. Дәраматы жақсы. Ҳәр ай Зилалаға пул жибереди. Зилала үлкен ҳәўлиниң арзыўында жиберилген пулларды түйип жыйнады. Арадан айлар өтти. Батыр демалыста да, байрамда да қайтпас еди. Айлар суўдай ағып, арадан бес жыл өтип кетти. Азада апа ҳәр сапары телефонда Батыр менен сөйлесер екен көз жас төгер еди: Балам қашан келесең? Болды жетер, қайт енди балам! Балаларың есейип қалды. Сонша тапқаның жетип қалар. Аллаҳ берекетин берсин! Қайт енди... Батыр мудамы тез арада қайтыўын айтып, түрли сылтаўлар тоқыйды. Зилала бир сатылып атырған ҳәўлиниң дерегин еситти де, Батырға қоңыраў етти. Батыр итибарсыз ғана: Болады, домды сат. Жетпегенине жиберген пулларымды қосып ала бер, деди.
Зилала күйеўи айтқанындай иследи. Ақыры нийетине жетип сарайдай кең ҳәўлиге ийе болды. Енди 4-та баласы менен ҳәз етип жасайтуғынын, күйеўи келсе турмысы және де пүтин болыўын ойлап қуўанар еди. Ҳәўлиниң ортасында үлкен фонтан. Әтирапында тереклер. Жертөледе бөлек суў сақлағыш. Әйне Зилала арзыў еткендей еди. Мине Зилаланың көшип келгенине де үш жылдан асты. Бирақ Батыр қайтыўды ойламас еди.
Батырдың әкеси аўырласып жатып қалды. Батыр мәжбүр ушып келди. Ол бирталай өзгерип кеткен еди. Анасы баласын баўырына басып жылады. Әкеси баласын көрип кеўили тынышланып, көп өтпей дуньядан өтти. Батырдың өзгергенин анасы да, Зилала да сезеди. Бирақ ҳеш қайсысы сыртқа шығарып айтпас еди. Зилала күйеўиниң көпке келмегенин, тағы Россияға қайтып кетиўин еситип, Батырға жалынды: Батыр өтиниш! кетпең. Болды ҳәмме нәрсемиз жетерли емеспе. Сизсиз қыйналып кеттим. Балалар да үлкейип қалды. Оларға әке керек! Батыр Зилаланы өзине қаратып, деди: Зилал сен усыны өзиң қәлеген едиң ғой. Мине нийетиңе жеттиң. Сарайдай үй алыпсаң. Өзиң қәлегендей өмир. Енди ҳәз етип жасай бер. Мениң Россияда шаңарағым бар. Бес балам бар. Енди олар ушын да ислеўим, пул табыўым керек. Ўақтым болғанда келип-кетип тураман. Пулдан биймәлел бола бер, тарықтырмай жиберип тураман.
Зилала күйеўиниң гәплерин еситип, аяғынан жан кеткендей тилин тислеп босаңсып отырып қалды. Бир аўыз сөз айта алмады. Батыр әкесиниң садақаларын берди де, Россияға ушып кетти. Зилала болған жағдайларды көтере алмай жатып қалды. Азада апа өзиниң иши қан жылап турса да келинине басыў айтып тынышландырар еди. Зилалахан жылама, қәддиңди көтер қызым. Балаларға керексең. Оларды өзиңнен басқа ҳеш ким еплей алмайды. Енди дәрт шегип жатқаныңның пайдасы жоқ. Болар ис болды. Баламның тапқанына ўақтында шүкир етиўиң керек еди. Мына шайды ишип ал, қуўат болады, дедиде қолындағы набат салынған ыссы шайды Зилаланың қасына қойып шығып кетти.
Соңғы пушайман инсанға тек ғана душпандур.

Зульфия Махмуд.

@omir_sabaqlari

👍 52
❤ 3
🔥 3
🤬 2

Бахытлы болыў ушын қолыңды - жумыс пенен, кеўлиңди - муҳаббет пенен, ақылыңды - мақсет, ядыңды - пайдалы билим менен, келешегиңди болса үмит пенен толтыр.

@omir_sabaqlari

👍 117
❤ 13
🔥 7
💯 4
Изображение
Саламатлықты сақлаўшы алтын қағыйдалар:


• Көбирек шай иш — кемирек алкоголъ;

• Көбирек палыз егинлерин тутының — гөшти болса кемирек;

• Көбирек мийўе жең — қумшекерди кемирек;

• Көбирек исле — кемирек сөйле;

• Көбирек уйықла — кемирек уўайымлаң;

• Көбирек пияда жүр — транспортта кемирек;

• Көбирек бер — кемирек сора;

• Көбирек күл — кемирек қапалан.

@omir_sabaqlari
👍 48
🥰 3
🔥 1
Изображение

❗️ДЫҚҚАТ!

Қәнийгелердиң айтыўына қарағанда, азанда өз төсегин жыйнастырыўды әдет еткен ер адамлардың келешекте миллонер болыў мүмкиншилиги 206% ке артар екен..

👍 62
😁 23
👏 3
🔥 1
Изображение

🌤 Ассаламу Алейкум!
Қайырлы күн жақсылар.

☘️ Кеўилиңиз ийманға
☘️ Үйиңиз қуўанышқа
☘️ Жүзиңиз нурға
☘️ Күниңиз ийгиликли ҳәм саўаплы әмеллерге толы болсын.

@omir_sabaqlari

🙏 16
🤝 7
🔥 4
🥰 4
👍 2
❤ 1
Видео/гифка, 20 сек,

: 25'186 | на пост: 0 | ER: 0%
Публикации Упоминания Аналитика

💧 Ертең сиз бизиң конкурсымызда 💵 600.000 сум пул ҳәм 🎁«Telegram Premium» утып алыўыңыз мүмкин

🖥 БУЛ УШЫН ТЕК 2 ТҮЙМЕНИ БАСЫЎ ЖЕТКИЛИКЛИ!

➖➖➖➖➖➖

1️⃣ «КОНКУРСҚА ҚАТНАСЫЎ» түймесин басасыз;

2️⃣ Шыққан айнадан тек ғана "Добавить" (Add, Qo'shish) түймесин басасыз!

➖➖➖➖➖➖

✔️ УСЫ 2 ШӘРТТИ ДУРЫС ОРЫНЛАҒАНЛАР ТАҢЛАЎЫМЫЗДЫҢ ҚАТНАСЫЎШЫСЫНА АЙЛАНАДЫ!

🎉 Жеңимпаз 23-апрель күни саат 21:00 де «KonkrusTanlaw» каналында анықланады.

Алдын 1-турда шәртти орынлағанлар 2-турдыңда автоматик қатнасыўшылары болып есапланады.

❗️Жеңимпаздың атын Telegram'ның өзи автоматик тәризде анықлап береди. Ким жеңимпаз болыўын алдын ала ҳеш ким билмейди.


👉 КОНКУРСҚА
ҚАТНАСЫЎ

👍 20
❤ 2
Изображение

@omir_sabaqlari

Интернет жәрдеминде қалай пул ислеўге болады?

Сизлерге тегин еки мәсләҳәт:

1. Интернетти өширемиз;
2. Ҳәм басқа исленбей жатырған жумысларымызды ислеп таслаймыз.

P.S.: Тек "
@omir_sabaqlari " каналына кирип турсаңыз болады😊

😁 53
👍 31
❤ 5

Гейде, өзиң қәлемесеңде жай ғана тынышланасаң. Себеби сөзлер жүрегиң ҳәм ақылыңда не кешип атырғанын түсиндирип бере алмайды.

@omir_sabaqlari

👍 28
🔥 7
Изображение

Өмир — бул өткен күнлер емес, ал тек есте қаларлық күнлер.

©П. А. Павленко

@omir_sabaqlari

👍 39
❤ 9
Изображение

Бир ойшылдан "зәҳәр не?" деп сорапты.
Ойшыл былай жуўап берипти:
— Мүтәжлигимизден артықша болған ҳәмме нәрсе зәҳәрдур. Артықша мийнет, артықша шаршаў, артықша қәўетер, артықша үнсизлик, ғәзеп, артықша қуўаныш, жеркениш ҳәм ҳәтте жақсы гүман да.

Өмирдиң мәниси ҳәм шыпасы тең салмақлылықты, биймәлелликти сақлай алыўдадур. Сол себепли ҳәмме нәрсени өз нормасында услап турыў керек.

@omir_sabaqlari

👍 48
❤ 5
🔥 1

Ҳаял адамды кемситиўден алдын, сени дуньяға келтирген инсан анаңды, өмирлик жолдасыңды, қыз перзентлериңди есиңе ал!

@omir_sabaqlari

👍 56
❤ 6
🔥 5
👏 2
Изображение
Инсанды ҳайўаннан тил емес, намыс ҳәм ҳүждан парықлайды.

@omir_sabaqlari
👍 34
💯 8
🕊 4
✍ 2
❤ 1
Изображение
Тәғдир саўғаларына таяр турың ҳәм исениң:
Ҳәммеси жақсы болады!


@omir_sabaqlari
👍 44
🕊 8
❤ 1
Изображение

Бул өмирде тек өзине сүйенген инсан ғана тик тура алады!

@omir_sabaqlari

👍 28
🕊 4
❤ 1
Изображение
👍 11
Видео/гифка

Тилине ҳәким болмаған инсаннан - дос шықпас,
Көзине ҳәким болмаған инсаннан - яр шықпас.

- Жалалиддин Румий

@omir_sabaqlari

👍 41
🔥 6
🕊 5
Изображение

Бир ҳаял күйеўи жумыстан келемен дегенше үйин жыйнап, жаңа перделер тағып, диванлардың, мебельлердиң орнын өзгертип бөлмеге өзгерис киргизип қоймақшы болыпты. Сол күни кеште күйеўи ишип мәс болып келипти, ҳеш нәрсеге итибар бермей уйықлап қалыпты. Таңғы саат 5-те күйеўи оянып қараса барлық нəрсе басқаша. Орнынан турып асығып кийинип атырса, ҳаялы оянып кетип "Азан менен қайда барасыз"-деп сораса күйеўи ҳаялына қарамастан:
"Үйге бармасам болмайды. Ҳаялым билсе сени де мени де өлтиреди"деген екен. 😁

@omir_sabaqlari

😁 88
🤣 23
👍 9
😱 2

“...жасыратуғын ҳеш нәрсеси болмаған адамлар өзлерин бахытлы деп билсе арзыйды...”

📚 "Жынаят ҳәм жаза"
© Ф.Достоевский

👍 25
🕊 5
Изображение

#Сораў

Монғол халқында бир нақыл бар:
Оларда екеўи ушын бир жүрек болады. Бизде болса бул нақылдың сәл басқашалаў варианты бар, яғный “Кемеге түскенниң жаны бир” дейди.

Дыққат сораў, монғол халқынан келип шыққан ҳалда сол екеўин табың.

👍 22

Найдено 6159 постов