Телеграм канал 'Өмир сабақлары.☘'

Өмир сабақлары.☘


17'263 подписчиков
5'080 просмотров на пост

@omir_sabaqlari

Байланыс ушын➡ @reklamaa_admin

Ҳикметлер - Аллаҳ ләшкеридур, олар Ҳақ, ҳақыйқат байрағын көтерип, кеўиллерди жаўлайды.
@Румий

🔴Мотивациялық пикирлер
🔴Психологик тестлер
26.12.2020жыл

Канал унамаса қалыўға мәжбүр емессиз

Детальная рекламная статистика будет доступна после прохождения простой процедуры регистрации


Что это дает?
  • Детальная аналитика 5'832'699 каналов
  • Доступ к 1'533'798'153 рекламных постов
  • Поиск по 5'686'986'366 постам
  • Отдача с каждой купленной рекламы
  • Графики динамики изменения показателей канала
  • Где и как размещался канал
  • Детальная статистика по подпискам и отпискам
Telemetr.me

Telemetr.me Подписаться

Аналитика телеграм-каналов - обновления инструмента, новости рынка.

Найдено 6102 поста

👍 11
🔥 10
Видео/гифка

#Гейде_солай

• Егер ҳаял адам пул табыўды басласа, ғәрезсиз турмыс кешириў ҳаққында ойлаўды баслайды.

• Егер ер адам пул табыўды басласа, өз шаңарағы ушын ҳәмме жуўапкершиликти мойнына алады.

• Бай ер адамның жарлы қызды ушыратыўы, оның өмирин өзгертиўи мүмкин.

• Бай ҳаял адам болса жарлы жигитке бурылыпта қарамайды.

• Ер адам жақсы көрсе, мәплерсиз, шәртлерсиз сүйе алады...

👍 87
🔥 8
😁 1
Ҳәр бир ҳаялдың жеке гуўалығы бар. Бул гуўалыққа “Ҳаялларға жақсы мәмиле етиңлер!” деп жазып, астына “Аллаҳтың Расулы Муҳаммед”, деп жазылған мөҳир урылған.

- Анаңа қарасаң, жәннет оның аяғы астында екенин есле.

- Ҳаялыңа қарасаң, “Жақсыларыңыз - ҳаялға жақсы болғанларыңыздур”, деген ҳәдисти есле.

- Қызыңа қарасаң, Қыямет күни сени дозақтан тосыўшы перде екенин есле.

✨Пайғамбарың алайхиссаламның ўәсиятларын есте тут!

@omir_sabaqlari
❤ 56
👍 16
🙏 8
🔥 7
🥰 2
Изображение

Қаншелли қолайсыз жағдай болмасын, бул ашшы ҳақыйқат.
Билесиз бе, шаян өзи туўған балаларын өз желкесине шығарып, өзиниң гөшин жегизип үлкейтер екен. Өзи ҳалдан тайып, барлық азапларға шыдап, балалары бар гөшин жеп таўысқаннан кейин набыт болар екен.
Шаянның баласы шаян-дә, деп қояғоямыз...  Ҳәзирги заманда ана қабырғаларының астында жаралатуғын, оның жаны ишинде жайласқан жаны, өз тамырын үзип дүньяға алып келген аналардың пәряды айырым перзентлердиң тап шаян баласынан бетер екенлигин ядға салады.
Өз ата-анасын хорлаған, пәтиясын алмаған, бир ретте жоқлап қойыўға жарамаған перзенттиң шаян баласынан қандай парқы бар? 🦂🦂

👍 121
😢 27
😱 16
🔥 9
❤ 6
Изображение

Дочь степей

Я каракалпачка!
Горячая кровь у меня
И солнце в сердце моем
не угаснет никогда!
Степью бежит ветер,
Волны песков летят.
И душа моя свободна
Как в небе звезда.
Как орел в небе
Вольно, Я лечу!
Дух неукротимая!
Через преграды иду!
Как степной конь
кровь горяча,
Словно пламя,
Словно свеча.
Я Каракалпачка!
Безмятежных дочь степей
Судьбой мне дана воля
как вихрь на песке.
И во взгляде моем нежность,
Чистота небес.
И в крови горячей
Источник страсти и чудес.
Быть каракалпачкой
Гордость для меня,
Чести удостоена,
Счастлива я!

© Миригул Есемуратова

https://t.me/poeziya_mechty

👍 39
🥰 24
🔥 7
❤ 4
Изображение

#ибрат

Өзиңизди жүдә зәрүрли шахспан деп есапламаң. Бул дүнья сиз болсаңыз да, болмасаңыз да тура береди. Шаңарағыңыз, перзентлериңиз сизден кейин де жасай береди. Жумысларыңыз сизсиз де пите береди. Барлығын мойныңызға жүклей берип өзиңизди жүдә қыйнай бермең. Өмириңиз қалай тез өткенин билмейде қаласыз. Әтирапыңыздағылар ушын емес өзиңиз ушын да жасаўды билиң. Оларды өзиңизге қатты баўыр бастырып қойсаңыз исениң, сизден кейин көбирек қыйналатуғын солар болады. Қойып бериң, оларды да ҳәрекет етиўге үйретиң, жумысларыңыз сиз болмасаңыз да пите беретуғын жағдайға келсин.
Исениң ҳәммеси жақсы болады....

✍️ Ориф Таскин "Өмир маған соны үйретти" китабынан

@omir_sabaqlari

👍 165
🔥 13
💯 12
🤔 4
❤ 3

#ибрат

Түлки дәрьяның арғы жағасында турған түйеден сорады:
— Суў терең емес пе?
Түйе жуўап берди:
— Жоқ, желкеге шекем келеди.
Түлки суўға түсти, дәрьяның тереңлигинен түлки мантыға баслады.  Ол суўға батып-шүмип баратырып тыпыршылап зорға дегенде басын суўдан шығарып, бир тасқа тырмасып жанын сақлап қалды. Кейин түйеге бақырды:
— Сен дәрьяны желкеге шекем келеди, деген едиң?!
Түйе тағы қәтиржам жуўап берди:
— Аўа, солай, бирақ ол мениң желкеме шекем келеди.

Биреўден мәсләҳат сорасаңыз, ол өз мүмкиншилигинен келип шығып мәсләҳат бериўи мүмкинлигин есапқа алың. Ҳәммениң де көрсетпелери ямаса турмыс жолын толығы менен өзиңизге жол-жоба ретинде қолланбаң. Болмаса, олар кешип өткен жол, сизди ғарқ етиўи мүмкин.

Ҳикметлер бети

@omir_sabaqlari

👍 120
👏 16
🔥 12
❤ 2
😢 2

@omir_sabaqlari

#ЕГЕР

1⃣ Сипсени тикейтип қойса, қублаға қаратса;

2⃣ Қонақ кеткеннен кейин артынан сыпырылса;

3⃣ Ашшы бурыш, пыяз, сипсе сыяқлы затларды қолдан қолға берсе;

4⃣ Алдыңнан қара пышық кесип өтсе;

5⃣ Босағада көрисилсе ямаса отырса;

6⃣ Шеп қабақ тартса;

7⃣ Шеп алақан қышыса;

8⃣ Қораз биймезгил шақырса;

9⃣ Бир күнде еки келин түсирип еки келин бир ўақытта, бир дәрўазадан кирип барса;

🔟 Байыўлы шақырса;

1⃣1⃣ Пәтия етилип атырғанда дастурхан үстинде ашшы бурыш ямаса пышақ турған болса;

1⃣2⃣ Ҳәўлиге мәжнүнтал егилсе;

1⃣3⃣ Сапар айында той берилсе;

1⃣4⃣ Әнжир терегиниң отыны жағылса;

1⃣5⃣ Биреў тислеген затты жесе;

1⃣6⃣ Кеседеги шай таўсылмастан, үстине шай қуйылса...

НЕ БОЛАДЫ?

#ҲЕШ НӘРСЕ БОЛМАЙДЫ!

👍 149
🤣 136
😁 8
👎 5
🤔 5
Изображение
#ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ_ТЕСТ

Сүўретке қарап өзиңизди қызықтырған ҳәрекет қуралын сайлаң. Сиз қайсысын басқарыўды қәлейсиз?

Сиз таңлаған ҳәрекет қуралы оған ийелик етиў мүмкиншиликлерин ҳәм сизиң пейлиңизди билдирип, оған ийелик етиў ушын қандай тосықларға дус келиўиңизди көрсетеди.

#ЖУЎАПЛАР

А. Велосипед:
Сиз мақсетиңизге өз ҳәрекетлериңиз, өз күшиңиз бенен ерисесиз. Тек өзиңизге исениң ҳәм өз бетинше ҳәрекет етиң. Әтираптағылар сизге жәрдем бере бермейди. Сизде бул ҳәрекетке күш, исеним, батырлық жәрдем береди — алға! Шыдамлылық ҳәм мийнет сизди жеңиске баслайды. Сизиң мүмкиншиликлериңиз жүдә жоқары.

Б. Автомобил:
Ишки күшиңиз ҳәм қуўатыңыз сизди алдынға баслайды. Егер жүдә асықпасаңыз, сиз анық өз мақсетиңизге ерисесиз. Өз мақсетиңизге қәтиржам ҳәм киши қәдемлер менен барың. Сизиң мүмкиншиликлериңиздиң жоқарылығына гүман жоқ. Асығыслық етип, бул мүмкиншиликлерди қолдан шығарып қоймаң.

С. Автобус:
Сиз өз досларыңыз ҳәм жақынларыңыз жәрдемин жүдә қәдирлейсиз. Өзгелерге жәрдем қолын созып, сиз өз үстиңизде ислеп, мақсетиңизге жақынласасыз. Бирақ жақынларыңыздың таңлаған жолыңыздан шалғытыўынан абайлаң. Егер өзгелер сизиң жумысыңызға араласа бермесе онда сизиң имканиятыңыз жүдә жоқары болады.

Д. Поезд:
Әтирапыңызда көп адам болсада, сиз олардың өмириңизде тутқан орнына ҳәм олардың мәсләҳәтлерин қулақ аса бермейсиз. Өз қабығыңызға оралып алмаң. Әтирапқа нәзер салың ҳәм әтирапыңыздағылардың пикирин дыққат пенен үйренип шығың. Олар арасында өзиңиз ушын зәрүрли болғанларын таңлап алың, буның менен табыс мүмкиншиликлериңизди көбейте аласыз.


Е. Яхта:
Сиз ғәрезсиз пикирлейтуғын инсан болып, әтираптағы ўақыяларға кемсалыйқалық пенен қарайсыз. Рационализм ҳәм саў пикирлеў - сизиң тийкарғы факторыңыз. Сизди таңлаған жолыңыздан адастырыў қыйын. Сиз жумысларыңызда қатаң реже, стратегияға әмел етип, өзгерип атырған шараятларға әҳмийет бермей бәрҳә ҳәрекетте боласыз. Бәлким бул дурыс емес шығар? Мәселелер шешиминде ҳәр-қыйлы вариантларды көрип шыққан мақул емес пе? Бул сизиң мүмкиншиликлериңизди және де асырады.

Ф. Самолёт:
Сиз өз мақсетлериңизге жүдә тез ерисиўге және бул ҳаққында мудамы ойлап, реаль ислерди етиўге асықпайсыз. Ой-пикириңиз бул жерде - сизиң душпаныңыз болып табылады. Сиз аспанларда ушып, өз тилек ҳәм қәлеўлериңиздиң әмелге асыўынан қорқасыз. Табысларға ерисиў мүмкиншиликлериң ҳәзирше жоқары емес. Тезирек жерге түсип, қәўетерге берилмей мақсетиңиз ушын ҳәрекет етиўди баслаң.
👍 48
👏 2
🔥 1
#Мотивация

Ҳәрекеттен тоқтамаң. Машақат артында гөззал өмир бар! Оның ушын мақсетиңизге қарай умтылың!!
!

@omir_sabaqlari
👍 54
🥰 7
❤ 4
👏 2
Изображение
👍 9
🔥 3
Видео/гифка

#ПСИХОЛОГИЯЛЫҚ_ТЕСТ

Сүўретке қарап өзиңизди қызықтырған ҳәрекет қуралын сайлаң. Сиз қайсысын басқарыўды қәлейсиз?

Сиз таңлаған ҳәрекет қуралы оған ийелик етиў мүмкиншиликлерин ҳәм сизиң пейлиңизди билдирип, оған ийелик етиў ушын қандай тосықларға дус келиўиңизди көрсетеди.

👍 21
🥰 2
❤ 1
Изображение

#Сораў👇👇

Бул сораўдың жуўабын 1% адамлар ғана таба алады, тек.

Бир ҳаял 1969 да туўылып 1969 да өлген бирақ, ол өлгенде 25 жаста еди бул қалай болыўы мүмкин😳

Жуўапты билиў😳👇👇

🥴 33
👍 18
😇 14
🤔 3
❤ 1
Изображение

СЕН ЖАНЫМДА БОЛСАҢ...

Олар бир-бирине бийқарар ҳалда,
Қушақласып шадлы отырды қатар.
Қыз әсте сыбырлап тутты саўалға:
"Бунда келгенлигим нени аңлатар?"

Жигит ойға шүмди, көз толы әрман,
Еследи өткенниң татлы демлерин.
"Сен жанымда болсаң, умытылар ғам,
Қайғы, қорқынышлар жойтар ролин.

Бирге болсақ ўақыт зуўлай берер тек,
Ҳәтте түслерде де бирге жүзермиз.
Ҳаўазың, нәзериң -- бәрқулла мәдет,
Ҳеш жалғызланбайман, сен, мен - биргемиз.

Қабылладың мени нуқсаным менен,
Дәркар емес бунда артықмаш сөзлер.
Күлди, қыз қолынан услады бекем,
"Сен менен бахытлыман!" -- сөйледи көзлер.

© Миригүл Есемуратова

Русшадан қарақалпақ тилине аўдарған:
Оразбай Сәтбаев.
https://t.me/poeziya_mechty

👍 38
👏 5

@omir_sabaqlari

Ақмақ адамның белгилери:

1. Өзин ҳәммеден ақыллы деп билиўи;
2. Қарсы пикирге ашыўы келиўи;
3. Пикирин өзгертпеўи;
4. Илажы жоқ ислерге қысылыў;
5. Мағлыўматларға тексерместен исениўи;
6. Келешекти билемен деп ойлаўы;
7. Басқа көз-қарасларды ҳүрмет етпеўи;

👍 53
👏 4

@omir_sabaqlari

Шеп тәрептеги қыздың мурнындағы ноқатқа 20 секунд көзиңизди жумбастан қарап турың, кейин оң тәрептеги ақ фонға қараң.
Сулыў ма?🤔

👍 102
😁 21
👏 10
Изображение
👍 9
Видео/гифка

КЕЎИЛ КЕСЕЛЛИГИ

Ҳасан Басрий айтады:

Кеўил кеселлиги алты заттан пайда болады:
1. Тәўбе үмитинде гүнә қыла бериў.
2. Әмел етпей тәлим ала бериў.
3. Әмел еткенде де ықлассыз болыў.
4. Аллаҳтың ырысқысына шүкир етпей жей бериў.
5. Аллаҳтың бөлистиргенине разы болмаў.
6. Өликлерди көмип ибрат алмаў.

👍 43
🔥 6
Изображение

Дыққат!
Дыққат!
Дыққат!

Сизде:
-Стресс;
-Бел аўырыў;
-Грижа;
-Аяқ аўырыў;
-Артықша семизлик;
- Күтә арықлық;
-Ҳаяллық ишки гөззаллық; хтб машқалалар бойынша сиз бенен ислесемиз!
Ҳәзирги машқаламыз болған салмақ таслаў бойынша 1 айда кеминде 6,7 кг салмақ таслаўға гарантия беремиз! Егер салмақ тасламасаңыз берген пулыңызды қайтарып беремиз!😊😊

Адрес:
22 мкр торговый Динур аптека қасы

@Fitness_2024_25

Тел: +998 50 301 66 15

👍 20
🔥 1
👏 1
Изображение

Арыслан аўлаған кийигин жеўди баслар екен, кийиктиң қарнында баласы бар екенин сезип қалды. Өлген кийиктиң баласын анасының қарнынан тартып шығарды. Бала өлип болған, енди кеш еди. Арыслан өлик баланы анасының жансыз денеси жанына қойып, аўыр қәдемлер менен бир шетке барып жатты. Бул жағдайды сүўретке алған сүўреткеш, арысланның узақ ўақыт ҳәрекетсиз жата бергенинен гүманланайын деди. Бар қорқынышын басып жүрек етип арысланға жақынласты. Арыслан өлик еди.
Арысланның не ушын өлгениниң себебине қызыққан сүўреткеш, өликти ветеринарға алып барды. Ветеринар арысланның ишин жарып, оның жүреги жарылып кетип өлгенин анықлады.

Ҳайўан деп билгенлеримиз, гейде айырым адамлардан гөре мийримлирек.

@omir_sabaqlari

😢 76
👍 30
🔥 14
❤ 5
😱 3
Изображение

Найдено 6102 поста