1-көпир: Таўдағы сай үстине салынған ағаш басқышлы минип түсиў жолы.
Сиз – әмелий, шөлкемлескен ҳәм ақыл-парасатлы инсансыз. Сиз анық режеге ҳәм сыналған усылларға сүйене отырып, мақсетлериңизге әсте-ақырын, басқышпа-басқыш жылыслап барыўды абзал көресиз.
Сиз турақлылықты ҳәм қәўипсизликти қадирлейсиз, кескин өзгерислерди ҳәм былғасықты жақтырмайсыз. Қыйын жағдайларда логикаға ҳәм тәртип-интизамға сүйенип, тез шешим қабыллап тәўекелшилик етпей исенимли жолларды сайлайсыз.
2-көпир: Бурқырап турған суў үстиндеги нәзик ағаш тахтай паяпыл.
Сиз батыл, қәтесиз шешим қабыллайтуғын ҳәм қыйыншылықлардан қорықпайтуғын инсансыз. Сизди тәғдирдиң сынаўлары өзине тартады ҳәм жағдай турақлы емес ямаса қәўипли болып көринсе де, алға умтылыўға таярсыз.
Сиз дөгеректеги өзгерислерге тез бейимлесе аласыз. Сиз ушын өмир – тәўекеллерден ибарат болған қыл үстинде жүрген саяхаттай.
3-көпир. Думан ишине кирип арғы шети көринбей турған көпир.
Сиз – әрманшыл, романтик ҳәм терең ойшыл адамсыз. Сизди көбинесе белгисизлик, сырлар ҳәм әтирапта болып ататын ҳәр бир нарседен мәнис излеў өзине тартады.
Сиз келешекке көз тигип, үлкен режелер дүзиўге бейимсиз, бирақ мақсетлердиң гүмилжилиги көбинесе сизде азғана қәўетер туўдырыўы мүмкин. Сиз сезимтал адамсыз ҳәм ишки даўысыңызға сыртқы фактлерден көре көбирек исенесиз.
4-көпир. Жар үстиндеги аспа арқан көпир
Сиз – жарқын экстремал, өткир сезимлерди жақсы көретуғын ҳәм ишиндеги таянышы оғада күшли болған адамсыз. Жумбақлар ҳәм алдыннан болжаў мүмкин болған жағдайлар – булар сизди тез шаршататуғын нәрселер.
Сиз үлкен жетискенликлер ҳәм жаңа тәсирлер ушын бас тигип барыўға таярсыз. Бөгетлер, тосықлар сизди қорқыта алмайды, керисинше сизди оннан бетер қыздырады, өйткени сиз өзиңиздиң шаққанлығыңызға ҳәм ҳәр қандай боранда дa шыдамлы болыў қабийлетиңизге исенесиз.
5-көпир:. Жасыл бағдағы ықшам, қолайлы ағаш көпир
Сиз – ҳәммеге унайтуғын, тыныш ҳәм парахат инсансыз. Сиз руўхый қолайлықты, тынышлықты, тәртипти ҳәм жақын адамлар менен жақын байланысларды қәдирлейсиз.
Сиз қарама-қарсылықлардан ҳәм бос гәп-сөзлерден қашыўға тырысасыз, оның орнына табият қушағында ямаса әлпиңиз алысатын дослар арасында тыныш, әпиуайы биргелки өмирди абзал көресиз. Сиз ушын әҳмийетли нәрсе қәўипсизлик ҳәм әтираптағыларға жақсы кейпият сыйлаў деп билесиз.
6-көпир: Бурқып ағып турған суў үстине көпир есабында тасланған бөрене.
Сиз – жарқын индивидуалист, ғәрезсиз ҳәм қайсар адамсыз. Сиз тек өз күшлериңизге исениўге үйренгенсиз ҳәм ағысқа қарсы барыўдан қорықпайсыз.
Сиз өзиңиздиң ғәрезсизлигиңиз ушын ҳәмме ўақыт ҳәр қандай қәўипке қарсы барыўға таярсыз. Сизди жалғызлық ямаса тиренишиңиз жоқлығы қорқытпайды, сиз ушын ең баслысы – ҳәр қандай тосқынлықларға қарамастан, тек өз жолыңыз пенен жүриў деп билесиз.
1-қалта Сиз оз кушинизге исенесиз алдагы махсетлериниз әмелге асады ,барине оз кушиниз бенен ерисе аласыз
2-қалта Сиз кутпеген ушырасыулар бар, арманларыныз орынланыў ушын бир инсан жардем береди, Сол инсанды омиринизге алып келиў сизин қолынызда
3-қалта усы қалта сизге бахыт келтиреди,бирақ ҳамесиде емес ол озинизге байланыслы Бахыт оз қолыңызда
4-қалта бул қалта берекетли аўметли амелиңиз котериледи қандай қылып басқарыўды билин
5-қалта бул қалта кутилмеген байлық келтиреди тез арада сиз ис режелериңиз кутилмеген ҳалда озгереди таныслар ушырасыўлар болады ўакыттан пайдаланыўды билин