Не попадитесь на накрученные каналы! Узнайте, не накручивает ли канал просмотры или подписчиков Проверить канал на накрутку
Прикрепить Телеграм-аккаунт Прикрепить Телеграм-аккаунт

Телеграм канал «ᗷᑌᒪᗷᑌᒪᘔIᗷᗩᑎ ᗪᗩᗯITᗷᗩY KᗩIYᑭOᐯ»

ᗷᑌᒪᗷᑌᒪᘔIᗷᗩᑎ ᗪᗩᗯITᗷᗩY KᗩIYᑭOᐯ
1.4K
0
113
70
183
🔎Новости
📽Видео
🖼Фото
💡Фонда
Подписчики
Всего
383
Сегодня
0
Просмотров на пост
Всего
105
ER
Общий
27.28%
Суточный
21.41%
Динамика публикаций
Telemetr - сервис глубокой аналитики
телеграм-каналов
Получите подробную информацию о каждом канале
Отберите самые эффективные каналы для
рекламных размещений, по приросту подписчиков,
ER, количеству просмотров на пост и другим метрикам
Анализируйте рекламные посты
и креативы
Узнайте какие посты лучше сработали,
а какие хуже, даже если их давно удалили
Оценивайте эффективность тематики и контента
Узнайте, какую тематику лучше не рекламировать
на канале, а какая зайдет на ура
Попробовать бесплатно
Показано 7 из 1 440 постов
Смотреть все посты
Пост от 19.10.2026 10:26
10
0
1
📜Дәрек йоқ ушырған қуба қушымнан,
Базарым тарқады ерте пешиннен.
Кәрўан өткен ўақта мениң тушымнан,
Көңил мүлким жолға әнжам болмады.

✍️Әжинияз Қосыбай улы


telemetr.me/ibratli_sozler
Пост от 18.10.2026 07:37
19
0
2
...ДҮНЬЯҒА БИР РЕТ КЕЛДИҢ ДЕ КЕТТИҢ

(Даўытбайға)

Талант ушын шегара жоқ қалайда,
Биз бәрҳа кеш мойынлаймыз солайда,
"Басқалардың көсеминен не пайда",
Дуйым журтқа дәркар едиң Даўытбай.

(Автордың халық арасынан жыйнаған қол жазбасынан)

Дүньяға бир келдиң алғыр баз едиң,
"Сәнемлер қолында тилла саз едиң,
Сен - сахна султаны, - Әжинияз едиң,
Жулдыздай жарқ етип, жандың да кеттиң.

Шайда бүлбил сайрап Шымбай бағында,
Саз-сәўбет уласып таңғы сағымға,
Эдельвейси бүртик жарған уағында,
Қазан урған гүлдей солдыңда кеттиң.

Айт, Даўытбай! Сен бизге көп болдыңба?
Аз еглендиң елатыңның алдыңда,
Қосық-сазды даңғыл жолға салдыңда,
"Барса келмес сазын" шалдың да кеттиң.

Қыз қунындай қымбат қосықларыңды,
Әмийнаға арнап аҳыў-зарыңды,
Айттың, ат басындай әрманларыңды,
Дүньяға "бир беш күн" қондыңда кеттиң.

Саз қүдиретин, сөз қүдиретин дөндирип,
Айтар едиң қосыққа жан ендирип,
Тәғдир исин талантыңа көндирип,
Бир өлмес естелик салдыңда кеттиң.

Шымбай елатының шайда бүлбили,
Жигит болдың қатарыңа үлгили,
Қарақалпақтың зийрек зибан бир тили,
Айҳай, ерте қайнап тындың да кеттиң.

Қолдан питпес бир естелик салдырып,
Руўхый қазнаңнан дәске алдырып,
Рәҳәтин ел-халқыңа қалдырып,
Әжел оғын сайлап алдың да кеттиң.

Өзиң өлип кеттиң, сөзиң өлген йоқ,
Ел-журт, ул-қызың бар, көзиң өлген жоқ,
Сендей талант еле тилге келген йоқ,
Дүньяға бул рет келдиң де кеттиң.

Қәне енди сендей от болып жансам,
Мийимди жет атыр "траллай там-там",
Ҳаўазы эфирге сыймаған инсан,
"Қараңғы қозақ" қа сыйдыңда кеттиң.

Қара жер қушағы "мақпал муз" болып,
Бәҳәр сени излеп келди, қыз болып,
Әжелиңниң өзи аңыз сөз болып,
Даңдыңда әлемге жайдыңда кеттиң.

Қол силтеп дүьяның ғалма-ғалына,
Бағып "Бир пәрий"ниң қәдди-далына,
Ялғаншының барлық гөззалларына,
Қалыс ғәрип-ашық болдыңда кеттиң.

Парқын айтып жаңа менен гөнениң,
"Миллий мийрас - дәўир мүлки" - деп едиң,
Қосық-сазды, қосық айтыў ҳөнерин -
Әдиўлеп, әлпешлеп сүйдиң де кеттиң.

Ушырасқанда айтар едиң ҳәрдайым,
"Пийрим - Ешан, Әбдирейим, Ибрайым,
Серхош сезимлерди, "көңил көз майын,
Қәстерлеп қулаққа қуйдың да кеттиң.

Қаракеңниң қара үйинде туўылып,
Ақ сүт пенен сулыў сазға жуўылып,
Қосық пенен "қамырдан қыл суўырып",
Даўытбай Қайыпов болдың да кеттиң.

Әскербай Әжиниязов.
👍 3
Пост от 07.10.2026 13:02
81
0
6
ИНТИЗАР САҒАН

Әмиўдиң бойында турған қарындас,
Кеўил толы ышқы сазым бар саған,
Сени қушсам дейип еткендей талўас,
Асаў толқынлар да интизар саған.

Бүлбиллер сайраса, сен деп сайраған,
Гуллер сениң ушын ғумша байлаған.
Сүмбил шашларыңды желпип ойнаған,
Салқын самаллар ҳәм интизар саған.

Ақ көбик шайпалған дәрья кәнары,
Боз думан артында таўлар мунары,
Таңда талўас еткен ис қарыйдары,
Алтын далаларым интизар саған.

Қос бурымың ақ балтырды аймалар,
Сен жүрген жолларда көзлерим талар.
Ақ алтын патшасы, ай жүзли дилбар,
Туўылып өскен еллер интизар саған.

И. Юсупов 1962-жыл
Пост от 06.10.2026 16:01
15
0
0
Видео/гифка
Пост от 26.09.2026 15:20
329
0
9
"Алтын көл".(Қайыпов Даўытбай).
Пост от 24.09.2026 15:46
12
0
0
Пост от 24.09.2026 14:55
21
0
2
.
.               АННАЛАР

Алтын ел бар сыйласықлы туўылған,
Көзи түссе қушақ ашып жуўырған,
Барып қалсаң үйлерине қонаққа,
Күтип алар тап анаңдай мийирман.

Мәкан басып отырықлы бурыннан,
Қыз алыспас ҳаслы усы урыўдан ,
Туўысқаншыл бир-бирине мийирман,
Ҳәр бир исте аты шыққан Анналар.

Тазғарадан бес-жапғаша созылған,
Бир бөлими көринеди Турымнан,
Жүзим-бағ ҳәм Куйвешовта жасаған,
Ата теги бир туўысқан Анналар.

Қаҳарманым Ибирайым шайырым,
Болжап кетти келешегин елимниң,
Сайрап өтти Даўытбайдай бүлбилиң,
Алтынға алмаспас бегли Анналар.

Уллы елсең шығарған қос қаҳарман ,
Ерполат ҳәм Амангүлди аўылдан,
Мийнетиң бар алтын қолың қабарған,
Аман болың аўылдағы Анналар.

Алпыс жылға алпыс жайды салдырған,
Сегиз жыл басқарып қала пайтақты,
Абдимуратов Жумамураттай атаң,
Қарақалпақта үлеси бар салмақлы.

Аўыл қызы пахта машын менгерген,
Ерлиги бар бир жигитке тең келген,
Көрген көзлер мәртлигине тән берген,
Қәлбийкедей қыз өсирген Анналар.

Сеннен шыққан не бир Академиклер,
Шәкиртлери илим излеп еликлер.
Аты шыққан Мамыт Қәлендеровлер.
Абырайын ел сыйлаған Анналар,

Қанша пессаларды жазып халқыма,
Тарыйх қылып из қалдырған журтыма.
Драматург Рахманов Кеңесбай,
Жан ендирди елим турмыс салтына.

Жақсылығы дүнья бойлап ен жаяр,
Илим ашқан қанша шәкиртлер таяр.
Профессор Абдикамалов Бахтияр,
Университетте тәлим берген Анналар.

Сахнаның шебери халқым сыйлаған,
Жаслайынан талай роль ойнаған.
Нәжиматдин Аңсатбаев халық артист,
Профессор Театрды ойлаған.

Ел басқарған уллы мәртебең бийик,
Ҳүрметлер Шымбайым Ҳәкимин сүйип.
Төлебаевич Махсет болса Шанхийев,
Мақтанышы елдиң болған Анналар.

Ар намысын бермей шабыспаларда,
Нийети еди тек алға қарай оз,
Сейтов Жүзбай бул мықлы шабандоз,
Зәңгилестен алға озған Анналар.

Бәри елге белли азаматларым,
Еситсе көпшилик сирә таң қалар.
Бәриң уллысызлар бәриң қаҳарман,
Алдымызда аман жүриң Анналар.

Еситкенди көзлер көрген әзелден,
Қәте кетсе кешириңлер сөзлерден,
Бир ықласпент қәлемимди тербеген,
Мен шаўлықпан атам молла Төреден.

.     БАРЛЫҚБАЙ ТӨРЕЕВ
.    17-СЕНТЯБРЬ 2026-ЖЫЛ.
.    НӨКИС ҚАЛАСЫ.
❤ 3
Смотреть все посты