Нөкис районының Бекет аўылы, «Дийханарна» МПЖ аймағында саат 10:00 ден 18:00 ге шекем газ болмайды. Шоманай районының «Дийханабад» АПЖ аймағында, Қанлыкөл районындағы Бостан, Наўрыз, Жаңа қала, Дослық, Мәденият, Алтынкөл, Жайхун, Бескөпир ҳәм Арзымбетқум аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында болса газ тәмийнаты саат 13:00 ден 18:00 ге шекем тоқтатылады.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматына бола, 2026-жылдың январь–август айларында бул хызметлердиң көлеми өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 14,4 процентке артты.
Қарақалпақстан Республикасында бул көрсеткиш 9,1 трлн сумды қурады. Аймақлар арасында ең жоқары нәтийже Ташкент қаласында — 29,8 трлн сум, ең төмен көрсеткиш болса Сырдәрья ўәлаятында — 3,4 трлн сум болып есапланды.
Иран елшиси Самарқандтың тарийхый мийрасына байланыслы баянатлар себепли СИМге шақыртылды
Иранның Зимбабве ҳәм Армениядағы елшиханасы Х тармағында Самарқандтағы естеликлерди «иран-ислам цивилизациясы»на тийисли деп атады. Жағдайдан соң Иранның Өзбекстандағы елшиси Сыртқы ислер министрлигине шақыртылып, оған қатаң наразылық нотасы тапсырылды ҳәм бул постларды өшириў талап етилди.