✨Үш нәрсениң ең жақсысын, ең абзалын сайла
Бир данышпан баласына нәсият қылып:
– Үш нәрсениң ең жақсысын, ең абзалын сайла: мазалы тағам, жумсақ төсек ҳәм шырайлы орын.
- «Егер сиз айтқан нәрселерге қурбым жетпесе не?» деди бала әжепленип.
Сонда данышпан:
– Тек қарның аш болса, аўқатлан, әне сонда жеген аўқатың сен ушын мазалы болады. Бар күшиңди сарыплап мийнет қыл, сонда жумсақ төсекте жатқандай дем аласаң. Адамлар менен шырайлы мүнәсибетте бол. Сонда сен олардың қәлбинен, дүньядағы ең жақсы жерден орын алған боласаң, деп жуўап берди...
📤 Жақынларыңызға жибериң!
🔔 Балаларыңыздың тәрбиясы ушын пайдалы канал:
👉 Бала психологиясы👈